РИА Новостдиң жазыўынша, АҚШ Өзбекстан ҳәм Тәжикстанның Аўғанстанда террористлерге қарсы гүресиўде жәрдем бериўи есабынан бул мәмлекетлерге елиўге шамалас әскерий самолёты ҳәм вертолётларын бериў имканиятын көрип шықпақта, деп хабар тарқатқан Politico онлайн-баспасы.

Бул жерде гәп Американың өткен жылы аўған ушыўшылары талибанлардан аман қалыў ушын Өзбекстан менен Тәжикстанға алып қашып өткен самолёт ҳәм вертолётлар ҳаққында болмақта.

«Реже соннан ибарат, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан шегараларын қорғаўдағы қәўипсизликти күшейтиў ҳәм терроршылыққа қарсы гүресиў тараўында қатнасықларды тереңлестириў бойынша рәсмий емес келисимге бола, ҳаўа кемелериниң айырымларын Өзбекстан ҳәм Тәжикстан ҳүкиметине бериў», делинеди материалда атын айтпаған лаўазымлы шахс.

Politico ның жазыўынша, «Талибан» қоңсыларынан АҚШ Аўғанстанда қулатылған ҳүкиметти тәмийинлеп келген жеңил жаўынгерлик самолётлар менен вертолётларды қайтарып бериўди талап етип келмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги