Алдын хабар бергенимиздей, Ташкенттиң “Хумо” командасы быйылғы жылы Қазақстан ашық чемпионатында- Pro Hokei Ligasy’нда қатнаспақта.

Бүгинги күнге шекем чемпионатта 4 ойын өткерген ташкентли хоккейшилер 4 упай менен 6-орынды ийелеп келмекте. Атап өтиўимиз керек, «Хумо» бүгинги күнге шекем, еки ойында жеңиске ерисип, екеўинде жеңилиске ушырады.

12 команда қатнасып атырған Қазақстан ашық чемпионатында ҳәзирги ўақытта 8 упай менен «Сарыарқа» командасы биринши орынды ийелеп киятырған болса, 2-3-4-5-6-7-орынларды ийелеп киятырған командалардың барлығы да 4 упай топлаўға ерискен.

Демек, «Хумо» командасын чемпионатта жетекшилер қатарында киятыр деп толық айта аламыз.

 

Адилбай Оразов, 

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы