Кеше Европаның бир қатар қалаларында футбол бойынша Европа чемпионлар лигасының 2-турынан орын алған бир қатар ойынлар болып өтти.
Соның ишинде, турнирдиң ең орайлық ойыны Германияда өткерилип, онда Мюнхенниң «Бавария» клубы «Барселона»ны өз стадионында қабыллады.
Қызықлы болып өткен ойынның биринши таймында дәрўазаларға гол урылмады. Ал, екинши таймда болса, мюнхенли футболшылар қарсыласларына қарағанда күшлирек ҳәрекет етип 2:0 есабында жеңиске ерисиўге миясар болды.
Ал, Англияның «Ливерпуль» клубы болса Нидерландияның «Аякс»ы менен ушырасып, 17-минутта Муҳаммад Салоҳ ҳәм 89-минутта Матиптиң урған голлары себепли 2:1
есабында жеңиске еристи.
Ал, қалған ойынлар болса төмендегише жуўмақланды.
«Байер» – «Атлетико» 2:0, «Порту» – «Брюгге» 0:4, «Марсель» – «Айнтрахт» 0:1.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы