Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм «Luye Invetment Group Co.,Ltd» компаниясы менен биргеликте 2023-2028-жылларда улыўма нырқы 100 миллион долларға тең болған «Инновациялық вакциналар орайы»н қурыў бойынша Меморандумға қол қойылды. «Инновациялық вакциналар орайы» –  Орайлық Азияда бирден-бир толық циклли биотехнологиялық өндирис технологиясы болып, жергиликли ҳәм ҒМДА мәмлекетлери базарын жоқары технологиялық өнимлер менен тәмийинлеў имканиятын береди. Жойбар шеңберинде гепатит А, гепатит В, папиллома, қызылша, силейип қатып қалыў ҳәм басқа да кеселликлердиң вирусларын емлеўде қолланылатуғын улыўма көлеми 2 миллиард долларға тең болған 10 түрли вакцинаны жылына 200 миллион дозада ислеп шығарыў нәзерде тутылған.

Орайды Ташкент ўәлаятында қурыў усыныс етилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги