Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң спорт залында 3- секторға қараслы Қызыл-өзек аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 33 ҳәм 17- санлы мектеплериниң оқыўшылары ҳәм мәҳәлле жаслары арасында “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде спорттың шахмат түринен жарыс болып өтти. Онда жарыс қатнасыўшылары 6-11, 11-16, 16-30 жас аралығында өз-ара беллести.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында 17- санлы мектептен 6-11 жас аралығындағы оқыўшылар арасында  2-класс оқыўшысы А. Пердебаев, 11-16 жас аралығында 8-класс оқыўшылары арасында Райхан Қайыпбаева ҳәм Рахман Қайыпбаевлар, 16-30 жас аралығында 10-б класс оқыўшысы Айсултан Маўленовалар 1- орынды жеңип алды хәм қымбат бахалы саўға, дәрежели дипломлар менен сыйлықланды.

Ал, гүрес бойынша өткерилген жарыста болса, 60 кг салмақта  17- санлы мектептиң 11- класс оқыўшысы Оразалы Даўлетбаев 1- орынды ийелеп районлық басқышқа жолламаны қолға киргизди.

 

Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы