Республикамыздың илим ҳәм билимлендириў тараўында пидәкерлик пенен мийнет ислеп, келешек тәрбияшысы болған, кеўиллерге билим нурларын таратқан, бойымызда ең ҳасыл, ең ағла инсаныйлық пазыйлетлерди қәлиплестириў ушын бар күш-жигерин, қымбатлы ўақтын ҳәм өз өмирин бағышлаған ҳүрметли устазлардан бири академик С.К.Камалов 1924-жылы 10-сентябрьде Қарақалпақстанның Қараөзек районында туўылған. 1942-жылы Хожели педагогикалық училищесин, 1948-жылы Қарақалпақстан педагогика институтының тарийх факультетин тамамлаған.

С.Камалов – екинши жер жүзилик урысы қатнасыўшысы. 1948-жылы Москвадағы Этнография институтына аспирантурасында профессорлар С.П.Толстов ҳәм Т.А.Жданко басшылығында 1953-жылы Москвада «Қарақалпақлар Хийўа ханлығы қурамында (1800-1873-жыллар)» темасында кандидатлық диссертациясын табыслы жақлап шығады. 1969-жылы «XVIII-XIX әсирлердеги қарақалпақлар (Россия ҳәм басқа да Орта Азия еллери менен қатнасықлар тарийхый мәселеси)» темасында Ташкентте Тарийх институтында докторлық диссертациясын табыслы жақлап, профессор илимий атағына ийе болды. 1979-жыл Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының ҳақыйқый ағзасы болып сайланады.

1973-жылы “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери”, 1974-жылы “Өзбекстан Республикасының илим ғайраткери” ҳүрметли атақлары бериледи.

1959-1999-жыллары үзиликсиз Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, 1994-жылдан өмириниң ақырына шекем Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими Тарийх, археология ҳәм этнография институты жанындағы Өзбекстан тарийхы қәнийгелиги бойынша ашылған кандидатлық диссертацияларды жақлаў бойынша қәнигелестирилген Кеңеске басшылық етти, республикамызға 55 илим кандидатын таярлап бериўге үлес қосты. Қарақалпақстан Республикасының Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығының лауреаты болды.

Академик С.Камалов 1996-2003-жыллары «Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Қарақалпақстан XIX әсирдиң екинши ярымынан XXI әсирге шекем» фундаменталь китабын таярлаў ҳәм баспадан шығарыўға басшылық етип, ғәрезсизлик дәўири тарийх илиминиң жаңа басқышы заманагөй машқалаларын белгилеп өтеди.

Сондай-ақ, Өзбекстан тарийхшылары таярлаған фундаменталь китапларда Қарақалпақстанның ХVI-ХХI әсирлер тарийхы бойынша бөлимлерди таярлады.

Оның жеке китаплары ишинде «Ерназар Алакөз – халық батыры», «XIX әсирде қарақалпақлардың мәмлекетшилигин тиклеген қаҳарман», «Вамбери – қарақалпақлар хаққында», «Қарақалпақлардың халық болып қәлиплесиўи ҳәм оның мәмлекетшилиги тарийхынан» шығармалары жаңаша қатнас, методологиялық көрсетпелер менен тарийх илимине үлкен үлес қосты.

Академиктиң илимий мектебинен тарийх илимлериниң докторлары ҳәм профессорлары М.Тилеўмуратов, Р.Ж.Уразбаева, М.Қ.Сарыбаев, тарийх илимлериниң кандидатлары, доцентлер В.В.Германова, И.В.Пискунова, М.Ә.Қарлыбаев, Р.Ш.Ахметшин, Ж.Т.Бердиев, А.М.Жумашев, Т.Мадреимов, Р.Ж.Базарбаев, Б.Б.Утемуратов, Т.Х.Есбергенова, Г.А.Даулетова, А.Калилаев, Э.Л.Алейникова, Г.А.Төреева, Т.А.Кудиярова, З.Б.Каллибекова, Б.М.Бекимбетов ҳәм басқалар ҳәзирги ўақытта жетик маман қәнигелер болып жетилискенлигин айрықша айтып өтсек болады.

Солай етип, ол Республикамыздың халық хожалығы, экономикасы, илим ҳәм мәдениятының раўажланыўына, жоқары билим бериў системасының алға илгерилеўине, Қарақалпақстанда миллий интеллигенция кадрларының жетилисип шығыўына салмақлы үлес қосты.

Тарийх факультети студентлери менен магистрлерине қарақалпақ халқының этногенези, тарийхы, мәденияты бойынша факультатив сабақлар ѳткен ҳәм ѳзиниң өшпес илимий мийнетлери менен академик Сабыр Камалов тарийхшылар мектебин жаратты.

Уллы устазымыздың халық ийгилиги ҳәм илим жолындағы бул жуўапкершиликли, машақатлы, мақтанышлы ислери бизлерге келешек әўладларға ѳрнек ҳәм ҳәр қандай жоқары дыққат-итибарға, ардақлаўға ылайық.

 

Таралады жыллы мийрим жүзиңизнен,

Жаралғандур бар болмысы төзиминен,

Жолыңызды бергей, деп ердик изиңизден,

Мәдаткарсыз бәрҳә бизге, әдиўли устаз!

 

  С.Сулайманов ҚМУдың Тарийх факультети деканы, доцент.
  М.Толыбаев ҚМУдың Археология кафедрасы оқытыўшысы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги