Бүгинги күни депутатлар ҳәр қандай мәселеде халық пенен бирге болып, сайлаўшылардың исенимин ақлаўға, электорат ўәкиллерине қол-қанат болыўға умтылмақта.

Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң депутаты Азат Матмуратовқа райондағы «Нурлы келешек» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Ҳайтгүл Якубова денсаўлығы ҳәм материаллық шараяты төменлиги ушын өзи жасап турған турақ жайды оңлап бериўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти.

Депутат өзи басшылық етип атырған районлық Абаданластырыў басқармасының хызметкерлери менен биргеликте оңлаў жумысларын баслап жиберди.

-Соңғы жыллары сайлаўшылардың депутатларға болған исеними артып бармақта,-дейди мүрәжат ийеси Ҳайтгүл Якубова.-Мен де илажым болмағанлықтан депутатқа мүрәжат еттим. Мениң мүрәжатым итибардан шетте қалмастан, ҳәзир оңлаў жумыслары алып барылмақта.  Турақ жай шараятымды жақсылаў ушын көрсетилип атырған жәрдемге миннетдаршылық билдиремен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги