Европа Аўқамы Россияның 9-11-сентябрь күнлери Қырым ҳәм Севастопольда өткерилген сайлаў нәтийжелерин тән алмайды. Усы районларда сайланған ўәкиллери де Европа аўқамы тәрепинен тән алынбайды, делинеди Европа сыртқы сиясат уйымы тарқатқан билдириўде.

9-11-сентябрь аралығында Россияның 82 аймағында сайлаў болып өтти.  44 миллион россиялы даўыс бериў процесине қатнасыў ҳуқықына ийе болды. Сайлаўда 14 губернатор,  қала думасы ҳәм 12 административлик орайларға басшы сайланды.

«Қырым ҳәм Севастопольда сайланғанлардың бәри нызамсыз есапланады ҳәм сонлықтан тән алынбайды», – делинеди ҳүжжетте.

ЕА және бир «оператив және ҳеш қандай шәртлерсиз Украинаға нызамсыз, тийкарланбаған әскерий агрессияны тоқтатыўға және барлық күшлерди ҳәм әскерий техникаларды Украинаның халықаралық жәмийетшилик тән алған шегараларынан алып шығып кетиўге шақырады», делинеди билдириўде.


Қарақалпақстан хабар агентлиги