Өзбекстан Республикасының «Тутыныў кредити ҳаққында»ғы нызамына Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги тәрепинен өзгерислер киргизиў бойынша ҳүжжет жойбары regulation.gov.uz порталына жайластырылды.

Бул ҳүжжет жойбарында финанслық тутыныў кредити есабынан сатып алынып атырған товарлар ҳәм хызметлер Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылған болыўы шеклеўин алып таслаў нәзерде тутылмақта.

Соның ишинде, әмелдеги «Тутыныў кредити ҳаққында»ғы нызамның 15-статьясына «Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылған» деген гәп алып тасланбақта.

Дәслеп, бул нызамға Орайлық банк тәрепинен 2018-жылы да өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылған еди.

Қалаберсе, 2018-жыл 30-октябрьден мәмлекетимиз басшысының «Товар базарларында саўданы буннан былай да еркинлестириў ҳәм бәсекини раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен 2019-жыл 1-январьдан баслап, финанслық тутыныў кредитин тек ғана Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылған тутыныў товарлары (хызметлери)н сатып алыў ушын бериў ҳаққындағы талапларды бийкарлаў белгиленген еди. Бирақ, усы ўақытқа шекем бул бағдарда бирде-бир өзгерис болмады.

Бул жойбар усы жылдың 25-сентябрьине шекем додалаўға қойылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги