Нызамшылық бойынша, жумыстан айырылған, биринши рет жумыс излеп атырған, узақ (1 жылдан көп) тәнепистен кейин жумысты қайта баслаў тилегинде ҳәм жумыссыз дәп тән алынған шахсларға:

– жумыссызлық напақасын төлеў;

– қарамағындағыларды есапқа алған ҳалда материаллық жәрдем бериў;

– кәсип үйрениў, маманлық арттырыў ямаса қайта таярлаў дәўиринде стипендия төлениўи ҳәм усы дәўирди мийнет стажына қосыў;

– ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда қатнасыў имканияты тәмийинленеди.

Жумыс излеп атырғанларды дизимге алыў, жумыссыз дәп тән алыў, оларға жәрдем көрсетиў, жумыссызлық напақаларын төлеў район (қала)лық халықтың бәнтлигине жәрдемлесиў орайлары тәрепинен әмелге асырылады.


Қарақалпақстан
хабар агентлиги