Шаҳзада Уильям ҳәм оның зайыбы Кейт Мидлтон патшайым Елизавета II қайтыс болғаннан кейин жаңа атақларға ийе болған соң миллардерге айланды, деп жазады Британияның Daily Star газетасы дәреклерге сүйенип.
Патшайым қайтыс болғаннан кейин Уильям Корнуэль герцоги атағын мийрас етип алды. 9-сентябрь күни Британия патшасы Чарлз Үшинши баласы Уильямды Уэльс шаҳзадасы, келини Кейтти болса Уэльс мәлийкасы деп жәриялады.
Газеталарда жазылыўынша ҳәзир оның байлығы 1,1 миллиард фунтқа баҳаланбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги