Россия бюджетиниң жағдайы жигирмалық ҳәм БРИКСтиң көплеген мәмлекетлерине қарағанда жақсырақ, деди Россия президенти Владимир Путин.

«Крисизке қарсы кең көлемли илажлардың оператив қабылланғаны, ерисилген турақлылықтың тийкары болып табылады. Россия экономикасының сыртқы қәўип-қәтерлерге қарсы беккемлиги көп жағынан өткен жыллардағы жуўапкершиликли макроэкономикалық сиясатымыздың нәтийжеси, соның ушын Россия бюджетиниң ҳәзирги жағдайы G20  ҳәм БРИКС мәмлекетлериндеги досларымыз бенен салыстырғанда да сезилерли дәрежеде жақсы», деди Путин экономика бойынша мәжилисте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги