Уллы Британияның жаңа бас министри Лиз Трасс ҳәм АҚШ Президенти Жо Байден еки мәмлекет арасындағы, соның ишинде, қорғаныў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўге келисип алды. Телефон арқалы сөйлесиў ҳаққында Уллы Британия ҳүкимети баслығының баспасөз хызмети мәлим етти.

Атап өтилиўинше, Трасс ҳәм Байден «дүнья еркинлигин беккемлеў, автократиялар қәўипине қарсы гүресиў» ҳәм Россия-Украина кризиси ҳаққында сөйлесип алды.

Сондай-ақ, Украина Президенти Владимир Зеленский де Трасс пенен телефон арқалы сөйлесиў өткерди, делинеди Киев ҳәкимияты баспасөз хызметиниң билдириўинде.

– Мен Уллы Британияның жаңадан сайланған Бас министри менен сәўбетлескен биринши сырт ел басшысы боламан, – деп жазады өзиниң социаллық тармақлардағы бетлеринде Украина жетекшиси. – Трассты Укаринаға мирәт еттим, елиме көрсеткен күшли қорғаныў ҳәм экономикалық жәрдеми ушын Британия халқына миннетдаршылық билдирдим.

Зеленскийдиң сөзлерине қарағанда, Трасс пенен сөйлесиўде Лондонның Украинаны тиклеўге қатнасыў мәселеси додаланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги