Бүгин, 5-сентябрь күни мәмлекетимиздеги барлық билимлендириў мәкемелеринде болғаны сыяқлы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаңа 2022-2023-оқыў жылы Ғәрезсизлик сабақлары менен басланды.
Ғәрезсизлик сабақлары Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.
Өткерилген Ғәрезсизлик сабақларына Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник Б.Төребеков, институт ректоры Б.Отемуратов ҳәм проректорлар қатнасып, соңғы жылларда елимизде жаслар сиясаты, соның ишинде, жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў ушын әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың әҳмийети ҳаққында атап өтти.
Басланып атырған жаңа оқыў жылында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына биринши жоқары оқыў орны сыпатында 32 мыңнан аслам абитуриент ҳүжжет тапсырған болса, соннан 3 мыңға шамалас абитуриент студент болыў бахтына миясар болды.
Ғәрезсизлик сабақларында елимизде миллетлер аралық дослық, татыўлық, кеңпейиллик сыяқлы улыўма инсаный қәдириятлардың турмысымызда қаншелли дәрежеде үлкен әҳмийетке ийе болып атырғаны, мәмлекетимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абадан турмыста жасаўы ушын әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында турмыслық мысаллар менен толық түсиниклер берилди.
Соның менен бирге, институт ректоры Б.Отемуратов тәрепинен билимлендириў тараўында дерлик 90 жыллық тарийхына ҳәм қәдириятларына ийе болған педагогикалық институтта оқыў, илимий-изертлеў жумысларын алып барыў ушын жаратылған шараятлар, оқыў процесин шөлкемлестириў мәселелери ҳаққында студентлерге, сондай-ақ, олардың ата-аналарына мағлыўматлар берилди.
Ғәрезсизлик сабақлары барлық факультетлердеги академиялық топарларда даўам етпекте.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген фотолары.