Американың Dell Technologies компаниясы Россия аймағында барлық әмелиятларын тоқтататуғының ҳәм ўәкилханасын жабатуғынын жәриялады, деп жазбақта Reuters.

Серверлер ҳәм компьтер техникаларын ислеп шығаратуғын бул компания Россия ҳәм Украинада өним сатыўды февраль айында-ақ,  тоқтатқан еди. Сонда компания басшысы ўақыялардың раўажланыўын бақлап атырғаны ҳаққында айтқан еди.

«Август орталарында Россияда дүканларымызды жаптық ҳәм барлық әмелиятларымызды тоқтаттық», – деген усы технологиялар гигантының Россиядағы ўәкили Майк Симьенас агентликке.

Dell Россиядағы жумысын тоқтатып, барлық хызметкерлерин жумыстан босатқаны айтылмақта, хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги