Енди, биринши басқышқа усыныс етилген студентлер де жаңа оқыў жылының биринши күнинен баслап төлем-шәртнамаларын электрон тәризде, артықша ҳәрекетлерсиз, онлайн алыўы мүмкин.
Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.
Оның ушын министрликтиң kontrakt.edu.uz платформасынан пайдаланған ҳалда шәртнаманы аңсат ғана жүклеп алыў талап етиледи.
Сондай-ақ, белгиленген өтиў балын топлай алмаған, бирақ дифференцияластырылған төлемли-шәртнама тийкарында оқыўды қәлейтуғынын билдирген талабанларға да kontrakt.edu.uz палтформасы арқалы онлайн арза бериў ҳәм шәртнаманы онлайн рәсмийлестириўге жаңа оқыў жылының биринши күнинен баслап имканият бериледи.
Платформа арқалы арза бериў сондай-ақ, шәртнаманы рәсмийлестириў процесслерин аралықтан әмелге асырыў тәртиби ҳәм мүддетлери бойынша толық мағлыўмат бериледи.
2022-жыл 5-сентябрьден баслап барлық басқыш студентлери (бакалавр, магистр, суперконтракт) төлемли-шәртнаманы онлайн жүклеп, төлемди әмелге асырыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги