Мәмлекетимиз басшысы сонша ҳәрекетлерге, Қарақалпақстанға ажыратылып атырған үлкен-үлкен қаржыларға қарамастан, халықтың кейпиятына унамсыз тәсир етип атырған машқалалар сақланып қалып атырғанын атап өтти.

«Себеби бул жердеги айырым әдилсиз, ҳадал емес басшылар «халықты разы етиў» деген ийгиликли түсиникти еле түсинип жетпеген», деди Президент.

Ҳәзирги күнде де халықтың арасында ишимлик суўы, ишки жоллар, электр тәмийнаты, жумыссызлық, баҳа сыяқлы машқалалар бойынша билдирилип атырған шағымлар жоқарылығынша қалмақта.

Негизинде, 2 ай алдыңғы ўақыялар тийкарында да халықтың айырым социаллық-экономикалық машқалаларға шешим таппастан жатырғаны көрсетип өтилди.

«Тилекке қарсы, айырым басшылар халқымызға ҳадал хызмет етиў орнына абаданлығын тәмийинлеўге қаратылған қаржыларды нәтийжесиз жумсаў, жаратып берилген имканиятлардан пайдаланбаў, ел-халық ушын жанын берип жумыс ислемеў жағдайларына жол қойып келмекте», деди Президент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги