Жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынақларында қатнасқан ҳәм нәтийжесинен наразы болған абитуриентлер жуўмақлаўшы таңлаў нәтийжелери жәрияланған күннен баслап 10 күн даўамында апелляциялық шағымларын жоллаўы мүмкин болады. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы хабар берди.
Мәлим етилиўинше, апелляциялық шағымлар my.dtm.uz сайты арқалы абитуриенттиң жеке кабинетинде онлайн тәризде қабыл етиледи.
Бунда абитуриент апелляциялық шағым жоллаўы ушын тест сынағында қатнасқан ҳәм тест сынағынан шетлетилмеген болыўы керек.
Апелляциялық шағым жоллаған абитуриентлерге оны көрип шығыў сәнеси ҳәм ўақты көрсетилген хабарнама бериледи.
Абитуриент хабарнамада белгиленген ўақытта шахсты тастыйықлайтуғын ҳүжжет, хабарнама ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен Мәмлекетлик тест орайына келиўи керек.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.