Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамына бағышланып, «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында өткерилген Мәнаўият фестивалы қатнасыўшыларының бир топары «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасында болды.

 Жаслар арасында мийрим-шәпәәт ҳәм бирликти беккемлеў мақсетинде «Инсан қәдири» жойбары шеңберинде өткерилген ушырасыўда Ташкент қаласынан келген белгили көркем өнер шеберлери, эстрада қосықшылары кәрхана хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары менен ушырасып, ғәрезсизлик жылларында елимизде әмелге асырылған кең көлемли реформаларға тоқтап өтти. Үстирт кеңлигинде бой тиклеген, Орайлық Азияда бирден-бир есапланған бул заводта ислеп шығарылған өнимлер ишки базарымызды тәмийинлеп ғана қалмастан, бир қатар сырт еллерге экспортқа шығарылмақта. Бунда ушырасыўда қатнасып атырған жумысшылардың мийнети айрықша екенлиги атап өтилди.

Ушырасыўда Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Э.Рахимов, Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист Э.Рахимов, А.Азизов, «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Ф.Норматов, артист И.Ошиқов  өзлери атқарған рольлерден, халық дәстанларынан үзиндилер атқарды.  Белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы йошлы қосықлар жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Парўаз БАШЕРОВА,

«Қоңырат сода заводы» ЖШЖ қоспа кәрханасының хызметкери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги