Президенттиӊ басшылығында видеоселектор мәжилиси ҳәм исбилерменлер менен сөйлесиў басланды.
– Кеӊ көлемли реформаларымыздыӊ дәслепки күнлеринен баслап мен бир пикирди бәрқулла атап өтип келемен: исбилерменликти раўажландырыў – биз ушын стратегиялық ўазыйпа. Бизиӊ таянышымыз да, сүйенишимиз де, еӊ үлкен күшимиз де усы тараўда жәмленген. Соныӊ ушын исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў орайдан баслап еӊ төменги буўынға шекем – барлық басшылардыӊ күнделикли жумысы болыўы шәрт, – деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниӊ алдында.
Әсиресе, орынларда ҳәкимлер ҳәр бир исбилермен менен көбирек сөйлесип, кәрханаларға барып, олардыӊ дәрти менен жасаўы керек екени көрсетип өтилди.
Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша жәмийетлик кеӊес ағзалары мәмлекет ҳәм исбилерменлер арасында көпир болып, анық усынысларды ортаға қойып киятырғаны айрақша атап өтилди. Нәтийжеде быйылғы жылдыӊ өзинде исбилерменлердиӊ жумысы ушын оғада әҳмийетке ийе болған 5 нызам, 101 пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.
Президентимиз кеӊес ағзаларына, олар арқалы пүткил исбилерменлер жәмийетине усындай белсендилик ушын тереӊ миннетдаршылық билдирди.
ӨзА