Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткери Антониу Гутерриш Аўғанстанда тек ғана усы айда жүз берген, 250 ден аслам адамның қурбан болыўына ҳәм жараланыўына себеп болған бир қатар жарылыўлардан қәўетерде екенин билдирди. Бул ҳаққында БМШтың баспасөз хызмети хабар берди.
«Бас хаткер бул санларды санап өтип, терең қайғыда екенин билдирди», делинеди билдириўде.
Атап өтилиўинше, Гутерриш 17-август күни Қабулдағы мешитте уйымластырылған «кейинги ҳүжимди кескин қаралайды». Ол қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзаларына терең қайғырыў менен кеўил айтып, жараланғанлар тезирек саўалып кетиўин тиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги