Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гёүресиў бағдарында әмелге асырылған кең көлемли жумыслардың нәтийжесинде өзбек пахтасының дүнья базарына шығыў имканиятын буннан былай да кеңейтти.

 Бүгинги күнде пахта-тоқымашылық тараўындағы көплеген ири бренд кәрханалардың ўәкиллери елимизге келип, бул тараўға инвестиция киргизиў тилегин билдирмекте.

Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке гүресиў Миллий комиссиясының гезектеги мәжилисинде бул айрықша атап өтилди.

Олий Мажлиси Сенатының баслығы, Миллий комиссия баслығы Танзила Норбоева басқарған мәжилисте адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша усы жылдың биринши ярымында әмелге асырылған жумыслар талланды.

Нызамшылық базасын халықаралық стандартларға муўапықластырыў жумыслары избе-из даўам еттирилди. Атап айтқанда, сегиз нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди ҳәм әмелиятқа енгизилди.

Халықаралық мийнет шөлкеминиң «Қурылыста мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасы ҳаққында»ғы конвенциясы ратификацияланды. Бул ҳүжжет қурылыс тараўында мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасы бойынша халықаралық стандартларды нәтийжели енгизиўге хызмет етеди.

Бул бағдардағы жумысларды буннан былай да жетилистириў мақсетинде Халықаралық мийнет шөлкеминиң денсаўлықты сақлаў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында мийнет қатнасықларын тәртипке салыўды нәзерде тутатуғын тийисли конвенцияларын ратификациялаў мәселелери Миллий комиссия ағзалары тәрепинен үйренилмекте.

Әмелге асырылып атырған реформалардан халықаралық жәмийетшиликти хабардар етиў мақсетинде бир қатар халықаралық илажлар шөлкемлестирилди.

Соның нәтийжесинде АҚШ Мәмлекетлик департаментиниң жақында жәрияланған «Адам саўдасы бойынша жыллық есабаты»нда Өзбекстан халықаралық стандартларды толық орынлаў бойынша кең көлемли жумысларды әмелге асырып атырған мәмлекетлердиң дизими (2-категория)нен және орын алды. Буның менен 2021-жылғы көрсеткиш тәкирарланды.

Быйылғы есабатта Өзбекстанда пандемия шараятында адам саўдасына қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар жоқары баҳаланған. Атап айтқанда, адам саўдасы менен шуғылланатуғын шахслар, соның ишинде, пуқараларды мәжбүрий мийнетке тартқан рәсмийлерди анықлаў ҳәм оларды жазаға тартыў, пахта теримине пуқараларды мәжбүрий тартыў жағдайлары кескин қысқарғаны, адам саўдасы қурбанлары ушын баспаналар шөлкемлестириўге қаржы ажыратыўға үлкен итибар берилгени тән алынған.

Илажда АҚШ Мәмлекетлик департаменти тәрепинен жәрияланған Дүньяда адам саўдасы ҳаққындағы жыллық баянат және онда Өзбекстан итибар қаратыўы зәрүр болған мәселелер бойынша билдирилген усыныслар додаланып, бул усынысларды әмелиятқа енгизиў бойынша айрықша илажлар режеси қабыл етилди.

Мәжилисте Миллий комиссия тәрепинен тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте ислеп шығылған Өзбекстан тоқымашылық санаатына халықаралық техникалық стандартларды ҳәм өндирис талапларын енгизиў бойынша «Жол картасы»ның жойбары додаланды.

Бул «Жол картасы»нда тоқымышылық кәрханаларында техникалық ҳәм өндирислик стандартларды халықаралық дәрежеге сәйкеслендириў, халықаралық бренд ҳәм ири компаниялардың жергиликли кәрханалар менен бирге ислесиўге, пахта-тоқымашылық санаатындағы кәрханалардың жумысына халықаралық тән алынған мийнет, өндирис, техникалық ҳәм басқа да стандартларды кеңнен енгизиўге қаратылған 20ға шамалас илажларды әмелге асырыў белгиленген.

Мәжилисте Миллий комиссия қурамындағы Адам саўдасына қарсы гүресиў мәселелери бойынша киши комиссияға басшылық етип атырған Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәжбүрий мийнетке қарсы гүересиў мәселелери бойынша киши комиссияға басшылық етип атырған Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң мәлимлемелери тыңланды.

Миллий комиссия ағзалары, жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан илажда додаланған мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди және алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы