2022-жыл 11-август күни профессионал билимлендириў мәкемелерине (колледж ҳәм техникумлар) абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланды.

Абитуриентлерди дизимге алыў Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайтында «Профессионал билимлендириў мәкемелерине қабыллаў» бөлими арқалы әмелге асырылмақта.

Дизимге алыў 10-сентябрьге шекем (10-сентябрь күни де) даўам етеди ҳәм абитуриентлер көрсетилген сәнеге шекем өз мағлыўматларын өзгертиўи мүмкин.

Мәмлекетлик тест орайының хабар бериўинше, жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынақларында қатнасқан абитуриентлер профессионал билимлендириў мәкемелерине кириў ушын да дизимнен өтиўи мүмкин.

Бунда абитуриентлерде жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақларында топлаған баллары менен профессионал билимлендириў мәкемелерине кириў ушын таңлаўда қатнасыў имканияты бар.

Буның ушын төмендеги шәртлер орынланыўы керек:

– абитуриент профессионал билимлендириў мәкемесине кириў ушын сайлап атырған тәлим бағдарының пәнлер комплекси ҳәм избе-излиги жоқары оқыў орынларына кириў ушын сайлаған тәлим бағдарының пәнлер комплекси менен бирдей болса;

– абитуриент жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынақларында қатнасқан болса;

– профессионал билимлендириў мәкемелерине кириў ушын дизимнен өтиўде усы имканияттан пайдаланыўды сайласа.

Егер усы шәртлер орынланбаса ямаса абитуриент усы имканияттан пайдаланыўды қәлемесе барлық абитуриентлер сыяқлы профессионал билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақларында қатнасады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.