24-июль күни футбол бойынша Россия Премьер Лигасында бир қатар ойынлар болып өтти.

Олардыӊ биринде  «Нижний Новгород» сапарда «Химки»ге қарсы ойын өткерип, онда 3-0 есабында жеӊилиске ушырады. Ушырасыўдыӊ 74-минутында мийманлар қурамында ойнап атырған өзбекстанлы футболшы Ибраҳимхалил Йўлдошев майданға түсти.

Ал, Ҳожимат Эркинов ҳәрекет ететуғын «Торпедо» болса «Динамо» менен өз майданында ушырасып, 0-4 есабында жеӊилиске ушырады.

Бул ойында өзбекстанлы футболшы майданға түсирилмеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги