2022-жыл 15-июль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты Кенгашларының қоспа мәжилиси болып өтти.

Қоспа мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман)ниң Қарақалпақстан Республикасында инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мәселесине байланыслы мүрәжаты көрип шығылды.

Мәжилисте Олий Мажлис палаталары Кенгашларының 2022-жыл июль айында Қарақалпақстан Республикасында жүз берген жағдай ҳәм ўақыяларды үйрениў және олар бойынша еркин тексериў өткериў бойынша комиссия дүзиў ҳаққындағы қоспа қарары қабыл етилди.

Бул қарар менен Комиссия қурамы ҳәм Комиссия ҳаққындағы реже де тастыйықланды.

Комиссия қурамына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ўәкиллери ҳәм халық депутатлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары менен хызметкерлери киргизилди. Комиссияға басшылық етиў Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили Ф.Эшматоваға жүкленди.

Өткерилген тексериў нәтийжелери жәрияланады ҳәм Өзбекстан жәмийетшилиги және жәҳән жәмийетшилигине жеткериледи.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты Кенгашларының қоспа мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети