Президент басшылығындағы мәжилис даўам етпекте.

Илимпазларымыз жаратқан 100 центнерге шекем өним беретуғын пахта сортлары (Бухара, Равнақ, Порлоқ, Султан) кластерлерге жеткерилмей атыр, дийқан ҳәм фермерлеримиз қайсы өнимдар туқымларды егиўди ҳәм оларды қай жерден алыўды билмей атыр.

Кейинги жылларда күндизги ҳәм түнги температура бир қыйлы болып қалып атырғаны, жаңа түрдеги жәнликлердиң көбейип атырғаны усы шараятқа шыдамлы сортларды көбейтиўди талап етпекте.

Ғаўашаға төгин бериўди, гербицид ҳәм пестицидлерди де тәртипке салыўдың ўақты сааты келди.

Сол себепли Президент жанында Инновация министри И.Абдурахмонов басшылығында Пахташылық кеңесиниң шөлкемлестирилиўи белгиленди. Кеңес:

– ҳәр жылы өнимдарлы ҳәм ерте писетуғын сортларды аймақлар кесиминде көбейтиў ҳәм егиўди ҳәр бир кластер бойынша белгилеп береди;

– климат ҳәм температура өзгерислерине сәйкес болған төгин бериў схемасын ислеп шығады, гербицид ҳәм пестицидлер қолланыўды тәртипке салады;

– кейинги жылларда жәнликлер ең үлкен машқала болатуғынын есапқа алып, оларға қарсы гүресиў бойынша ҳәр бир аймаққа сәйкес агротехнологияларды ислеп шығады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги