Президент басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды. Онда:

– илимге тийкарланған туқымгершилик ҳәм агротехнологиялар есабынан пахта өнимдарлығын ҳәм көлемин кеминде 30 процентке арттырыў;

– пахтаны терең қайта ислеп, тараўдың экспортын кеминде 2 есеге көбейтиў додаланбақта.

«Бул – экономикамыз ушын оғада үлкен имканият ҳәм резерв болып есапланады. Тоқымашылық бизлерге аз қәрежет пенен алтыннан да көп дәрамат келтиретуғын тараў есапланады.

Соның ушын бизлер тараўда толық кластер системасын енгиздик. Бүгинги күнде пахта талшығын өзимизде 100 процент қайта ислеў жолға қойылды (бес жыл алдын 40 процент талшық қайта исленген).

Тараўды қоллап-қуўатлаў ушын кейинги үш жылда тоқымашылық кластерлерине 23 трлн сумнан аслам жеңиллетилген қаржылар ажыратылды. Буннан тысқары, кластерлердиң өзлери де дерлик 7 триллион сум жеке инвестицияларды бағдарлады. Нәтийжеде 350 ге шамалас ири фабрикалар иске қосылды.

Өндирис көлеми 5 есеге артты, экспорт болса 4 есеге өсип, дерлик 3 миллиард долларға жетти», деди Президент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги