Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 14-февральдағы «Өзбекстан спортшыларының гезектеги жазғы ҳәм қысқы Олимпия ҳәм Паралимпия ойынларында табыслы қатнасыўы ушын таярлық жумысларын жеделлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-127-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, халық арасында дзюдоның олимпиада спорт түри сыпатында ғалаба ен жайдырыўын арттырыў, жаслар арасында қәбилетли спортшыларды таңлап алыў системасын жетилистириў, миллий сайланды командаларымыздың абырайлы спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерисиўин тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер дзюдо спорт түрин раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

дзюдоны халық арасында ғалабалық спорт түрлериниң бирине айландырыў, қәбилетли спортшыларды анықлаў ҳәм таңлап алыў (селекция) және оларды профессионал спортшылар сыпатында таярлаўдың жаңа системасын жолға қойыў;

мектепке шекемги жастағы балаларда дзюдоға қызығыўшылық оятыў ҳәм жаўынгерлик өнериниң бул түри бойынша басланғыш көнликпелерин қәлиплестириў;

дзюдо бойынша профессионал тренерлер, маман төрешилер ҳәм қәнигелерди таярлаў системасын раўажландырыў, оқыў-методикалық қолланбалар ислеп шығыў;

дзюдо инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў ҳәм халықаралық талапларға сәйкеслендириў, улыўма орта билим бериў мектеплеринде дзюдо залларының санын көбейтиў;

Қураллы Күшлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлардың физикалық таярлық шығыныўлары бағдарламасына дзюдоны басқышпа-басқыш киргизиў, олар системасындағы билимлендириў мәкемелериниң оқыўшы-студентлери ушын бул спорт түри бойынша факультатив шынығыўлар ҳәм дөгереклер шөлкемлестириў;

ҳаял-қызлар арасында дзюдоны раўажландырыў, бул бағдарда узақ жылларға мөлшерленген перспективалы режелерди ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

ғалаба хабар қуралларында саламат турмыс тәризиниң әҳмийетли структуралық бөлеги сыпатында дзюдоны үгит-нәсиятлаў ҳәм бул процессте информатизациялаў ҳәм мультимедиа өнимлеринен пайдаланыўды тәмийинлеў.

  1. Төмендегилер:

2022-2023-жыллары дзюдо спорт түрин буннан былай да раўажландырыў бойынша «жол картасы» 1-қосымшаға муўапық;

2022-2025-жылларда дзюдо спорт түрин раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап дәстүрий тәризде дзюдо спорт түри бойынша Өзбекстанда төмендеги жарыслар өткерилетуғыны белгилеп қойылсын:

жасы үлкен арасында «Үлкен шлем» халықаралық турнири;

Азия чемпионатының жеңимпазы ҳәм Халықаралық категориядағы Өзбекстан спорт устасы Учқун Мурадовтың естелигине бағышланған 18 жасқа шекемги ер балалар ҳәм қызлар арасында халықаралық турнир;

улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында «Халық билимлендириў министриниң кубогы»;

орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыўшы-студентлери арасында «Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министириниң кубогы»;

Қураллы Күшлер системасында «Қорғаныў министриниң кубогы»;

2024-2025-жылларда әскерлер арасында Жәҳән чемпионаты.

Спортты раўажландырыў министрлиги (Ш.Махмудов) Қорғаныў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Өзбекстан дзюдо федерациясы менен биргеликте:

бир ай мүддетте усы қарардың 3-бәнтинде көрсетилген жарысларға пуқта таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў бойынша илажлар режесин тастыйықлансын;

халықаралық турнирлерде жергиликли дзюдошылар менен биргеликте жоқары рейтингке ийе болған күшли халықаралық дзюдошылар, тренерлер ҳәм төрешилердиң қатнасыўын тәмийинленсин;

жоқарыдағы жарыслар ҳәм турнирлерди өткериў процесин жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары ҳәм басқа да коммуникация дәреклеринде кеңнен сәўлелендирсин.

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги (Б.Ибрагимов) жоқарыдағы жарыслар ҳәм турнирлерди туристлик маршрутлар объектлериниң дизимине киргизсин, оларға сырт ел ҳәм жергиликли туристрлерди тартыў илажларын көрсин.

  1. Халықаралық дзюдо федерациясының режесине муўапық, 2022-жыл октябрь айында Ташкент қаласында дзюдо бойынша жасы үлкенлер арасында Жәҳән чемпионатының өткерилиўи белгиленгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

жәҳән чемпионатын өткериўге байланыслы қәрежетлер қәўендерлердиң қаржылары (титул қәўендерлик, реклама, мәлимлеме бирге ислесиўи ҳәм телевизиялық трансляция медиа ҳуқықларынан түсетуғын), сондай-ақ, Өзбекстан дзюдо федерациясының қаржылары есабынан қапланатуғыны. Онда, алынатуғыны пайда Өзбекстан дзюдо федерациясының қарамағында қалдырылатуғыны ҳәм дзюдоны буннан былай да раўажландырыўға, соның ишинде, дзюдо мектеплерин қурыў ҳәм үскенелеў ҳәм федерацияның жумысын қаржыландырыўға бағдарланатуғыны;

жәҳән чемпионатын өткериў ушын ағзалық төлеми ҳәм ақшалай сыйлыққа байланыслы қәрежетлер Өзбекстан дзюдо федерациясының қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.

Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан дзюдо федерациясы менен биргеликте жәҳән чемпионатының жоқары дәрежеде өткерилиўин тәмийинлесин ҳәм оған байланыслы болған барлық шөлкемлестириўшилик мәселелерди шешиў илажларын көрсин.

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап Сурхандәрья ўәлаяты Денов районы ҳәм Хорезм ўәлаяты Үргенш қаласының олимпия ҳәм миллий спорт түрлерине қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатлары негизинде Спортты раўажландырыў министрлиги системасына киретуғын Денов ҳәм Үргениш дзюдо спорт шеберлик мектеплери (кейинги орынларда – дзюдо мектеплери) мәмлекетлик спорт билимлендириў мәкемеси сыпатында шөлкемлестирилсин.

дзюдо мектеплериниң жумысы дзюдо бойынша қәбилетли ҳәм талантлы жас спортшыларды таңлап алыў және оларды тийкарынан миллий сайланды командаларға таярлаўға бағдарланатуғыны;

дзюдо мектеплерине оқыўға 5-класстан қабыл етилетуғыны ҳәм билим алыў мүддети жети жыл етип белгиленетуғыны;

дзюдо мектеплериниң оқыў процеси Спортты раўажландырыў министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен белгиленетуғыны ҳәм тастыйықланған оқыў режеге тийкарынан әмелге асырылатуғыны;

дзюдо мектеплериниң директоры, оның орынбасарлары, тренер-муғаллимлер, инструктор-методистлер, тәрбияшылар мийнетке ҳақы төлеў ҳәм мектеп директорының руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша орынбасары ҳәм тәрбияшылардың мийнетин хошаметлеў Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги «Халық билимлендириў хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 275-санлы қарарына муўапық;

дзюдо мектеплериниң директоры, оның оқыў ҳәм спорт ислери бойынша орынбасары, тренер-муғаллимлер, инструктор-методистлер, медицина хызметкерлериниң мийнетин хошаметлеў Министрлер Кабинетиниң 2010-жыл 23-сентябрьдеги «Спорт мектеплериниң жумысын ҳәм спорт мектеплериниң тренерлери ҳәм қәнигелери мийнетин материаллық ҳошаметлеў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы 211-санлы қарарына муўапық;

дзюдо мектеплери медициналық хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги «Медицина хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 276-санлы қарарына муўапық әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Министрлер Кабинети еки ай мүддетте дзюдо мектеплериниң жумысын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап:

улыўма орта билим бериў мектеплеринде дзюдо спорт түрин раўажландырыў бойынша «Балалар ушын дзюдо» бағдарламасы;

мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде «Мектепке шекемги дзюдо» жойбары енгизилсин.

а) «Балалар ушын дзюдо» бағдарламасы шеңберинде:

Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте оқыўшыларында дзюдо менен шуғылланыў тилеги жоқары болған ҳәм спорт заллары бар улыўма орта мектеплери белгилеп алынатуғыны;

таңлап алынған улыўма орта билим бериў мектеплеринде дзюдо бойынша сабағынан тысқары өз алдына спорт секциялары мектеп жайласқан аймақтағы спорт мектебинен тартылған тренер-муғаллимлер тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

улыўма орта билим бериў мектеплеринде дзюдо залларын шөлкемлестириў, дзюдо инфраструктурасын кеңейтиў ҳәм үскенелеў бойынша инвестиция ҳәм грантлар тартылатуғыны;

Халықаралық дзюдо федерациясының «Мектеплер дзюдо» бағдарламасы менен өз-ара байланыслы тәмийинленетуғыны, бул бағдарламадағы бағдарлар, функциялар ҳәм басқа да әҳмийетли илажлар әмелге асырылатуғыны;

дзюдоны жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ғалаба ен жайдырыў, оларда усы спорт түрине қызығыўшылықты арттырыў, жаслар арасында дзюдо бойынша жарысларды өткериўге жәрдемлесиў, сондай-ақ, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар әмелге асырылатуғыны;

б) «Мектепке шекем дзюдо» жойбары шеңберинде:

мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде дзюдоны ғалаба ен жайдырыў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы тәрбияланыўшыларды  усы спорт түри менен турақлы шуғылланыўға тартыў;

тәрбияланыўшыларда дзюдо менен шуғылланыўға күшли ҳәм тәсиршең мотивацияны қәлиплестириў белгилеп қойылсын.

  1. Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов) Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов), Өзбекстан дзюдо федерациясы (А.Камилов) пенен биргеликте 2023-жылдан баслап дзюдо спорт түрин оқыўшылар арасында ғалаба ен жайдырыў бойынша таңланған мектеплерди оқыў қолланба, татами, аксессуар ҳәм басқа да зәрүр әнжамлар менен тәмийинлеў ушын Халық билимлендириў тараўында реформаларға көмеклесиў қорының қаржылары есабынан ҳәр жылы 5 миллиард сумға шекем қаржыларды қаратсын.
  2. «Балалар ушын дзюдо» бағдарламасы шеңберинде жумыс алып баратуғын тренер-устазлардың мийнетине ҳақы төлеў Министрлер Кабинетиниң 2010-жыл 23-сентябрьдеги «Спорт мектеплериниң жумысын және спорт мектеплери тренерлери ҳәм қәнигелериниң мийнетин материаллық хошаметлеў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы 211-санлы қарарына муўапық спорт мектеплериниң тренер-оқытыўшыларына белгиленген нормалар тийкарында әмелге асырылатуғыны;

«Балалар ушын дзюдо» бағдарламасы шеңберинде қурып пайдаланыўға тапсырылған дзюдо заллары Халық билимлендириў министрлиги системасындағы улыўма орта билимлендириў мектеплериниң балансында сақланатуғыны ҳәм олардың жумысында толық ҳәм нәтийжели жолға қойыў мақсетинде Өзбекстан дзюдо федерациясы менен биргеликте Спортты раўажландырыў минитсрлиги тәрепинен қәнигели тренерлер менен тәмийинленетуғыны;

«Балалар ушын дзюдо» бағдарламасы шеңберинде қурып пайдаланыўға тапсырылған дзюдо залларында Өзбекстан дзюдо федерациясы жанындағы Дзюдо спорт клубының филиаллары шөлкемлестирилетуғыны, филаллардың жумысына Өзбекстан дзюдо федерациясы методикалық басшылық ететуғыны, улыўма орта билимлендириў мектеплеринде оқыўшыларды дзюдоға үйретиў арқалы қамтыўды жылдан жылға арттырып баратуғыны, олар арасында турнирлер, жарыслар шөлкемлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий Олимпия комитети ҳәм Өзбекстан дзюдо федерациясының:

Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде 2022-2023-оқыў жылынан баслап «Дзюдо ҳәм спорт жумысы» бакалавриат билимлендириў бағдарын ашыў;

Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде «Дзюдо ҳәм спорт жумысы» бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша 2022-2023-оқыў жылы ушын қабыллаў параметрлери шеңберинде қабыллаў квоталарын белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан дзюдо федерациясының Спортты раўажландырыў министрлиги системасында Өзбекстан дзюдо академиясын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Төмендегилер Өзбекстан дзюдо академиясының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

дзюдо, соның ишинде, парадзюдо бойынша спортшылар, тренерлер, тренер-селекционерлер, төрешилер ҳәм басқа да қәнигелердиң кәсиплик шеберлигин ҳәм маманлығын арыттырыў;

дзюдо, соның ишинде, парадзюдо бойынша профессионал, жоқары қәнилери спортшылар, тренерлер, тренер-селекционерлер, төрешилер ҳәм басқа да қәнигелерди халықаралық талаплар тийкарында таярлаўға жәрдемлесиў;

дзюдо, соның ишинде, парадзюдо бойынша оқыў бағдарламаларын ҳәм методологияны жаңалаў, жаслардың таярлық процессине алдыңғы инновациялық технологияларды енгизиў;

жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелериниң қатнасыўында семинар, тренинг, мастер-класслар, оқыў-шынығыўлар шөлкемлестириў.

  1. Өзбекстан дзюдо академиясының жумысын қаржыландырыўдың дереклери етип төмендегилер белгиленсин:

Өзбекстан дзюдо  федерациясының қаржылары;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;

нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

министрлер Кабинети еки ай мүддетте Өзбекстан дзюдо академиясының жумысын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

  1. 13. Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.Артикходжаев):

Илимлер академиясы менен биргеликте Илимлер академиясы Полимерлер химиясы ҳәм физикасы институтына турақлы пайдаланыўға берилген жер участкасының (Шайхантаҳур районы, Абдулла Қадрий көшеси, 7б-жай) Өзбекстан дзюдофедерациясының тийкарғы базасына тутас болған ҳәм бос турған бөлегин белгиленген тәртипте резервке қайтарыў;

резервке қайтарылған жер участкасын мәмлекет мүлки сыпатнда мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм Спортты раўажландырыў министрлигине турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратыў илажларын көрсин.

Спортты раўажландырыў министрлиги (М.Исмаилов) Өзбекстан дзюдо федерациясы (А.Камилов) пенен биргеликте ажыратылған жер участкасында Өзбекстан дзюдо  академиясы имарат ҳәм объектлерди қурыўды нәзерде тутатуғын социаллық шериклик ҳаққындағы келисимге қол қойылыўын және Японияның «Кодокан» көпфункциялы, заманагөй ҳәм универсал дзюдо орайы үлгиси бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлериниң есабынан Халықаралық дзюдо федерациясының талапларына жуўап беретуғын, спорт әсбап-үскенелери менен үскенеленген имарат ҳәм объектлер (спорт залы, оқыў имараты асхана ҳәм жәрдемши имаратлар) қурылып, пайдаланыўға тапсырылыўын тәмиийнлесин.

  1. 14. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.Бобоев) Спортты раўажландырыў министрлиги (М.Исмаилов), Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги және Өзбекстан дзюдо федерациясы менен биргеликте 2023-жылы Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына Ташкент ўәлаяты, Бостанлық районы, Ақташ аўылы аймағында дзюдо бойынша миллий сайланды командалары ушын Халықаралық дзюдо федерациясының стандартларына жуўап беретуғын 50 орынлы жатақхана ҳәм асхана, тренажёр залы, медициналық пункт ҳәм заманагөй спорт әнжамлары менен толық үскенеленген Оқыў-шынығыў базасын қурыў бойынша усыныс киргизиўди тәмийинлесин.
  2. 15. Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги (З.Мирзаев) «Чорвоқ» туристлик рекреациялық зонасы» МУК пенен келискен ҳалда Ташкент ўәлаяты, Бостанлық районы, Ақташ аўылы аймағынан Спортты раўажландырыў министрлигине 0,5 га жер участкасын 2022-жылдың ақырына шекем турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратылыўын тәмийинлесин.

Спортты раўажландырыў министрлиги (М.Исмаилов) Өзбекстан дзюдо федерациясы (А.Камилов) пенен биргеликте ажыратылған жер участкасында дзюдо бойынша миллий сайланды командалар ушын оқыў-шынығыў базасын жаратыўды нәзерде тутатуғын социаллық шериклик ҳаққындағы келисимге қол қойылыўын тәмийинлесин.

  1. 16. Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Спортты раўажландырыў министрлиги менен биргеликте усы қарарда белгиленген илажларды әмелге асырыў, дзюдо спорт әнжамлары ҳәм үскенелери менен тәмиийнлеў, сондай-ақ, дзюдоны раўажландырыў мақсетлерине Өзбекстан Милилй олимпиада комитетине быйылғы жылы спорт тараўы ушын нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде 2 миллиард сум ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. 17. Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) Өзбекстан дзюдо федерациясы менен биргеликте 2022-жыл 20-декабрьге шекем спорт мектеплери және Олимпиада ҳәм Паралимпияда спорт түрлерине таярлаў орайларын халықаралық талапларға жуўап беретуғын дзюдо спорт инвентарьлары, үскенелери, кийимлери ҳәм экипировкасы және басқа да зәрүр қураллар менен тәмийинлесин ҳәм усы мақсетлерге Спорт ҳәм ғалаба денетәрбия илажларының 2022-жыл ушын республика календарь режесинде ажыратылған қаржылардың үнемленген бөлегинен зәрүр қаржылар қаратылсын.
  3. 18. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы мақалалар, брифинглер, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирилсин.
  4. 19. Спортты раўажландырыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. 2 Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов, спортты раўажландырыў министриниң орынбасары Ш.Ш.Махмудов ҳәм Өзбекстан дзюдо федерациясының баслығы А.Я.Камилов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 20-июнь