Турмыстыӊ қыйлы-қыйлы соқпақларынан жүрип киятырып, алдымыздан бир адам зар-еӊиреп, жылап турса оған ерксиз түрде нәзер таслаймыз ҳәм оныӊ ҳал-жағдайын сорап, бул кимсеге жәрдем бериўге ҳәрекет етемиз. Бирақ, бундай жағдай спортта болса, алдыӊнан пүткил команда ағзалары жылап-сықласа да жәрдем қолларын соза алмас екен. Буны бизлер кеше 19-июнь күни Ташкенттеги «Бунёдкор» стадионында футбол бойынша 23-жасқа шекемги жаслар арасында Азия кубогыныӊ финал ойынынан соӊ Өзбекстан сайланды командасы мысалында көрдик.
Финалға шекем Түркменистан, Иран ҳәм Қатар, Ирак, Япония сыяқлы көплеген күшли командаларды жеӊип шығып, халқымызды қуўанышқа бөлеген Темур Кападзе шәкиртлеринен чемпионлық ушын өткерилетуғын шешиўши ойында да жеӊисти қолға киргизеди деген дәмемиз бар еди.
Бирақ, «жүйриктен жүйрик шықса, аяғы тыпыр-тыпыр» дегениндей, Саудия Арабстаны футболшылары жанкүйерлеримиздиӊ жақсы үмитлерин шыл-пәрше етти.
Ал, енди тамашагөйлер менен лыққа толы ойындағы ўақыяларға тоқталатуғын болсақ, ушырасыўдыӊ дәслепки минутларынан-ақ, саудиялылар өзлериниӊ кескин ҳәрекетлери менен командамызға қыйыншылық туўдыра баслады. 15-минутларға келгенде командамыз футболшылары ойындағы үстинликти өз қолларына алыўға ҳәрекет етти. Буннан соӊ еки команда ағзалары да гезекпе-гезек ҳүжимлерге өте баслады. Усындай ҳүжимлердиӊ биринде Ҳожимат Эркинов саудия дәрўазаманы менен жекпе-жекке шығып, гол ура алмады. Ал, Саудияныӊ 34-минуттаға бизиӊ дәрўазамызға жоллаған анық соққысын Владимир Назаров қайтарыўға еристи. 39-минутта саудиялы футболшылар және бизиӊ жәрийма майданымызға қарай ҳүжимге өтип, қорғаўшыларымызды сасқалақлатып таслады ҳәм қорғаўшы футболшыларымыздыӊ бири қопаллыққа жол қойды. Буныӊ нәтийжесинде ортадағы төреши Назараов дәрўазасына дәслеп 11 метрлик жәрийма тобын белгиледи. Лекин, VAR системасында ойынды бақлап отырған төрешилер тәрепинен топ жәрийма майданшамызға узатылмастан бурын, саудиялы футболшылар офсайд ҳалатта қалғанлығын бас төрешиге хабарлады ҳәм усыныӊ нәтийжесинде дәрўазамыз голдан аман қалды.
Ойынныӊ 2-таймы да кескин ҳәрекетлер менен басланды ҳәм 50-минутта ал-Ғамди Өзбекстан дәрўазасын анық нышанға алып, өз командасын есапта алдынға алып шықты. Буннан соӊ командамыз ағзаларыныӊ ҳүжим етиўге болған ҳәрекетлери өз нәтийжесин бермеди ҳәм 58-минутта Темур Кападзе ойындағы үстемликти өз қолына алыў мақсетинде бир неше таза ойыншыларды ойынға түсирди. Бул ойыншылар ойында өзгерис киргизиўге ҳәрекет етти ҳәм 71-минутта Руслан Жиянов Саудия Арабстаны дәрўазасына гол урыўға еристи. Лекин, оӊ қаптал төрешиси командамыз ағзалары Жияновқа топты узатыў ўақтында офсайд жағдайда қалғанлығын көрсетип, команда голын инабатқа алмады.
Керисинше, командамыздыӊ усындай ҳүжимлерине қарсы ҳүжимге өткен Саудия Арабстаны командасы ағзасы Ферас ал Байкан бизиӊ дәрўазамызға және бир гол урыўға еристи.
Буннан кейинги минутларда саудиялы футболшылар ўақыттан утыў ҳәм өзбекстанлы футболшыларға психологиялық соққы бериў мақсетинде стадионда жарақат алғандай болып, жатып қала берди. Бул болса, бизиӊ жас футболшыларымызға руўхый соққы болды ҳәм бир қатар жағдайларда ойыншыларымыз ашыўланып, ойынныӊ бас төрешиси менен айтысып қала берди. Сондай-ақ, стадионда да жанкүйерлеримиз тәрепинен наразылық ҳәрекетлери сезиле баслады. Әсиресе, командамыз сәрдары Жасур Жалалатдинов ашыўға берилип кетти десем асыра силтеген болмайман. Сонлықтан Кападзе оны тез арада ойыннан шығарып, оныӊ орнына жаӊа футболшыны киргизди.
Бирақ, бул өзгерислер де өз нәтийжесин бермеди ҳәм Саудия Арабстаны сайланды командасы Ташкентте өткерилген футбол бойынша 23 жасқа шекемги Азия кубогында чемпионлықты қолға киргизиўге миясар болды.
Ал, келешегинен үлкен үмит күттиретуғын жас командамыз ағзалары болса, 2024-жылы Париж қаласында болып өтетуғын Олимпиада ойынлары жолында және бир исенимли қәдем таслады деп айта аламыз. Сонлықтан командамыз ағзаларынан алдағы ойынларда жақсы ойынлар күтип қаламыз.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы