«Ливерпуль»дың ҳүжимши ойыншысы Садио Мане дем алыс ўақтында Сенегалға қайтты. Футболшы 26 мыңға шамалас халқы бар, өзи туўылған Банбали аўылындағы ылай майданда жергиликли халық пенен футбол ойнаған. Оның әтирапына көплеген адамлар жыйналып, олар өзлериниң жулдыз футболшысын тамаша етиў ушын келди.
«Мен ҳәммеси басланған орынға қайттым» деп жазған Мане социаллық тармақларында.
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги