Нөкисте жаслар арасында футбол ҳәм мини футбол бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги ушын жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышы даўам етпекте.

Футбол бойынша «Туран» ҳәм балалар-жас өспиримлер футбол академиясының стадионларында болып өткен жарыста келеси басқыш қатнасыўшылары анықланды.

Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжинде басланған мини футбол бойынша жарысларда қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған мәкан, аўыл ҳәм посёлкалық пуқаралар жыйынларының командалары қатнаспақта. Екинши тур ойынларында Елликқала, Хожели, Мойнақ, Нөкис районларының командалары жеңимпаз болған болса, еки ойын теңбе-тең нәтийже менен жуўмақланды.

Жарыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери