Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеӊнен ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты буннан былайда раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы  пәрманына муўапық аймақларда миллий гүрес ҳәм тас көтериў спорты бойынша Қорғаныў министриниӊ кубоги жарысыныӊ Шымбай районлық басқышы болып өтти.

Кубок беллесиўлери ҳәр спорт түри бойынша 4 салмақ категориясында өткерилип,  олар тәжирийбели төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.

Райондағы еӊ күшли палўанлар менен бирге, үлкен жарысларға енди ғана қатнасып киятырған жас палўанлар қатнасқан жарыста, миллий гүрес бойынша 60 кг салмақта Абдулла Бахтыбаев, 66 кг салмақта Нурсултан Толыбаев, 73 кг салмақта Анвар Алламбергенов, 81 кг салмақта Сипатдин Нуратдинов, тас көтериў бойынша 60 кг салмақта Саламат Бекбаўлиев,  65 кг салмақта Муҳаммед Дәўлетияров, 70 кг салмақта Ҳасылбек Әмирниязов, 75 кг салмақта Арысланбек Досжановлар 1-орынды ийелеп, кубок жарысларыныӊ республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы