Марсело ўәкили Марко Кирдемир бразилияның позициясы ҳаққында айтты. Марсело Роберто Карлостан зәрүр мәсләҳәт алды. Оның мәсләҳәтине бола, енди «Реал»дың футболшысы ойынын тоқтатпаўы керек.

«Кеше мен Марсело менен сөйлестим. Оның анық позициясы бар. Мен «Реал Мадрид» ўәкили емеспен, бирақ оларға жақынман. Роберто Карлос Марселоға ҳеш екиленбестен Түркияға барыў керек екенлигин айтты. Егер «Фенербахче» шәртнама усынса, Марсело разы болыўы керек», – дейди ўәкил.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги