Қылышласыў спорты бойынша Сеул қаласында ересеклер арасында болып өткен Азия чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы өз тарийхында биринши мәрте командалық жарыста гүмис медалды ийелеўге миясар болды.
Финалда командамыз ағзалары майдан ийелери есапланған Қубла Корея сайланды командасына 38-35 есабында жеӊилип қалды.
Жарыс протоколында 13-орында дизимге алынған сайланды командамыз ағзалары ярым финалда Олимпиада чемпионлары есапланған япониялы спортшыларды оғада қыйыншылық пенен жеӊип шығыўға еристи. Атап айтатуғын болсақ, команда ағзалары арасындағы өткерилген 9 жекпе-жектен соӊ есап 31-31 болып турған еди. Еӊ соӊғы қылышласыўда болса, дүнья рейтингинде 128-орында турған Файзулла Алимов Олимпиада чемпионы Коки Каноны 5-4 есабында жеӊип шығып, өз командасын финалға алып шықты.
Финаллық ушырасыўда да Өзбекстан сайланды командасы жети жекпе-жектен соӊ 27-24 есабында алдында киятыр еди. Бирақ, кореялы қылышпаз Юнгин Квон өз беллесиўинде командамыз ағзасын 8:1 есабында жеӊип шығып, есапта алдынға өтип алды. Алимов ҳәм Сан Енг Пак арасындағы еӊ соӊғы жекпе-жекте болса, есап 7:7 есабында жуўмақланды ҳәм Қубла Корея командасы 38-35 есабында жеӊиске ерисип, Азия чемпионы деген атаққа миясар болды.
Соны да атап өтиўимиз керек, Өзбекстан сайланды командасы қурамында Роман Александров, Файзулла Алимов, Нодирбек Муминов ҳәм Жавоҳир Нурматовлар ҳәрекет етти.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы