Кеше футбол бойынша Европа Миллетлер Лигасы жарысыныӊ 4-турынан орын алған 12 ушырасыў болып өтти.

Олардыӊ биринде Германия сайланды командасы Италияни 5:2 есабында жеӊип шыққан болса, англиялы футболшылар өз майданында және бир мәрте Венгрияға жеӊилип қалды. Есап 0:4.

Бельгия болса мийманда Польшаны 0:1, Нидерландия өз майданында Уэльсти 3:2, Түркия Литваны 2:0, Молдова Андорраны 2:1, Босния ҳәм Герцеговина Финляндияны 3:2 есабында жеӊип шығыўға миясар болды.

Ал, қалған ойынларда болса, төмендегише нәтийжелер көрсетилди.

Украина-Ирландия 1:1, Армения-Шотландия 1:4, Лихтенштейн-Латвия 0:2, Румыния-Черногория 0:3, Люксембург-Фарер атаўлары 2:2.

 

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы