Кеше Наманган қаласында футбол бойынша Азия кубоги—2023 таӊлап алыў басқышыныӊ еӊ соӊғы туры болып өтти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы таиландлы футболшылар менен ушырасып,  8-минутта Жалолиддин Машарипов, 23-минутта  Азизбек Турғунбоевлардыӊ голлары есабынан 2:0 есабында жеӊиске еристи.

Бул топардағы екинши ушырасыўда болса, Мальдив атаўлары Шри-Ланка үстинен жеӊиске ерисиўге миясар болды.

Солай етип Өзбекстан сайланды командасы өз топарында барлық қарсыласларын жеӊип шығып, 2023-жылы өткерилетуғын Азия чемпионатына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы