«Эвертон» сатыўға қойылады
«Эвертон» хожейини Фархад Мошири Ливерпуль клубын сатыўға таяр. Бул ҳаққында Британия баспасөзи хабар бермекте.
Дәректиң хабарына қарағанда, Мошири 500 миллион фунт жәрийма пулы орнына «Эвертон» менен хошласыўға таяр.
Жазылыўына қарағанда, Питер Кенён басшылығындағы исбилерменлер топары ҳәзирги ўақытта «Эвертон»ға даўагерлик етпекте. Ол «Челси» ҳәм «Манчестер Юнайтед»те басшылық лаўазымларында ислегени менен кең жәмийетшиликке танылған.
Марсело: «Мен ойынымды тоқтатпайман»
Марсело келешеги ҳаққында айтты. Бразилиялы футболшы ойнаўды тоқтатыў нийетинде емес.
«Мен ойынымды тоқтатпайман. Еле де ойнай алатуғынымды сеземен. «Реал»дан кетиў қыйын болады, бирақ мен мадридли болсам да, әжайып профессионалман», – дейди Марсело.
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги