Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының дәслепки питкериўшилерилери питкериў кәсиплик жумысларын жақлады.
Атап айтқанда, «Ветеринария ҳәм зооинженерия» факультети Ветеринария медицинасы бағдарының 7 питкериўшиси 4 жыл даўамында алған билимлерине сүйенген ҳалда, таңлаған темалары бойынша диплом жумысларын жақлап шықты.
Филиал директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Қ.Атаназаров ҳәм комиссия ағзалары питкериўшилерди қутлықлап, келешекте оларға бәлент пәрўазлар тиледи. Олар тәрепинен питкериў қәнигелик жумыслары жақсы баҳаланды.
Әлбетте, бул филиал тарийхында дәслепки питкериўшилер сыпатында есте қалатуғын студент-жаслар, қалаберсе, профессор-оқытыўшылар ушын да умытылмас мәўритлер есапланады. Болажақ қәнигелер келешекте филиалдың профессор-оқытыўшылары тәрепинен берилген билим және көнликпелерди ақлап, ветеринария тараўының раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосатуғынына үлкен исеним билдирди.
Зооинженерия бағдарында билим алған жаслардың питкериў қәнигелик жумысларының жақлаўы усы ҳәптеге режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги