24-май күни Қубла Корея Геонгги-до таэквондо ассоциациясының баслығы Ким Кёнг Док басшылығындағы делегация Өзбекстан миллий олимпиада комитетине келди.

Мийманларды МОК баслығының орынбасары, Өзбекстан таэквондо WT  ассоциациясының баслығы Шерзод Тошматов күтип алды. Делегатлар сапар даўамында өзбек спортының бай тарийхы менен жақыннан танысты. Буннан соң тәреплер өз-ара бирге ислесиў мәселелерин додалады.

Сөйлесиўлер даўамында кореялы мийманлар Өзбекстан таэквондо WT ассоциациясының жумысы Корея Респуюбликасы  таэквондо ассоциациясы менен уқсас екенлиги, сайланды командамыз ўәкиллерин «Париж-2024» ҳәм «Лос-Анжелес-2028» Олимпиада ойынларына таярлаўда өз-ара биргеликте ислесиў мәселесин додалады.

Сондай-ақ, бирге ислесиў шеңберинде өзбекстанлы тренер ҳәм төрешилердиң маманлығын Корея Республикасында арттырыў, спорт медицинасы, фармакология, диетология бағдарларында ерисилген кейинги табыслар бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыў темаларында пикирлести.

Ушырасыўда мийманлар елимизде ғалабалық спортты раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған ҳәрекетлерге, өзбекстанлы спортшылардың халықаралық майдандағы нәтийжелерине жоқары баҳа берди.

ӨзА