И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Аралбойы археологиясында В.Н.Ягодинниң илимий мийраслары» атамасында көргизбе шөлкемлестирилди.
Көргезбени шөлкемлестириўден мақсет, кең жәмийетшиликти ҳәм жасларды әййемги Арал бойындағы ҳәр қыйлы материаллық байлықларды хронологиялық тәртипте кең көлемде таныстырыўдан ибарат болып, оларды үйрениўде В.Н.Ягодин ҳәм оның шәкиртлери, кәсиплеслери қатнасқан.
Көргизбеде Орта Азиядағы ең әййемги диний (арамей) әлипбесиндеги жазыў, қәбирден шыққан бронзадан исленген қазан, айна қалдықлары, орта әсирлерде баҳалы суйықлықларды тасыў ушын қолланылған арнаўлы ылайдан исленген ыдыс (сынап гүзеше), ҳәр қыйлы моншақлар ҳәм орта әсирлердеги шийше буйымлар көрсетилген.
Көргизбе Қарақалпақстан археология илимий мектебиниң тийкарын салыўшыларынан бири, тарийх илимлериниң докторы В.Н.Ягодинниң 90 жыллық юбилейине бағышланып шөлкемлестирилди. Көргизбеде В.Ягодинниң өмири ҳәм илимий жумыслары туўралы мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, В.Ягодин 1952-жылда профессор С.П.Толстовтың басшылығында Хорезм археологиялық-этнографиялық экспедициясында қатнасады. Илимге болған қызығыўшылығы нәтийжесинде Москвада профессор С.П.Толстовтың илимий басшылығында аспирантураны табыслы тамамлайды. Ол көп ўақтын Төменги Әмиўдәрья археологиясы ҳәм Кердер мәденияты мәселелерин үйрениўге бағышлайды ҳәм Миздақхан, Төк қала, Қорғанша, Ҳайўан қала (Кердер), Күйик қала, Бурлы қала сыяқлы естеликлерде илимий жумысларын алып барады.
– 1963-жылы ол Москвада СССР Илимлер академиясының Этнография институтында «Арал теңизи дельтасы Әмиўдәрья археологиялық естеликлери» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. Илимпаз Орта Азия археологиясының басқа мәселелери, атап айтқанда, Қубла Аралбойы халықларының әййемги дәўирдеги диний исенимлери тарийхы, көшпелилер арасындағы мүнәсибетлер ҳәм Орта Азиядағы отырықшы қәўимлер цивилизациясы менен де шуғылланған. Соның менен бирге, Үстирттиң дәслепки көшпелилери естеликлеринде де илимий изертлеў жумысларын алып барған,-дейди көргизбе шөлкемлестириўшиси ҳәм кураторы археология бөлими баслығы, тарийх илимлериниң кандидати О.Доспанов.
В.Ягодинниң узақ жыллар даўамындағы мийнетлери мәмлекет тәрепинен ўақтында мүнәсип баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен илим ғайраткери» атағы, «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланған. Соның менен бирге, ол Россия археология жәмийетиниң, Нью-Йорк Илимлер академиясының ағзасы ҳәм Австралия илимий Кеңесиниң халықаралық эксперти дәрежелерине ерискен.
Үстиртте үзликсиз түрде алып барылған экспедициялар нәтийжесинде тас дәўиринен баслап соңғы орта әсирлерге шекемги дәўирлерге тийисли жаңа археологиялық естеликлер үйренилди. В.Ягодин 1992-жылы Москва мәмлекетлик университетинде өткерген «Әсир орталарындағы Арал-Каспий теңизлер аралық шарўалар-аңшылар» темасындағы илимий лекциясы ушын тарийх илимлери докторы илимий дәрежесине еристи.
Илаж даўамында В.Н.Ягодинниң турмысы ҳәм илимий жетискенликлерине арналған дөгерек сәўбети болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасының атақлы илимпазлары – академик А.Асқаров, тарийх илимлериниң докторлары, профессорлар Р.Сулейманов, А.Анарбаев, Ф.Мақсудов, тарийх илимлериниң кандидатлары А.Искандерова, М.Төребеков ҳәм басқа да жас археологлар, университет студентлери менен кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасып, пикир-усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери