Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-августтағы «Өзбекстан Республикасының миллий статистика хызметин жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалар, мәмлекетлик статистика системасын түп-тийкарынан реформалаўға, статистикалық анализлеўдиң заманагөй усылларын әмелиятқа енгизиўге кең мүмкиншилик туўдырмақта. Бул көрсеткишлерди баҳалаў критериялары менен есап бериў формаларының халықаралық талапларға ҳәм стандартларға жуўап бере алыўына, исенимлилигин тәмийинлеўге, социаллық-экономикалық реформаларды нәтийжели әмелге асырыўға, кең көлемли жергиликли ҳәм сырт ел пайдаланыўшылары ушын системалы өзгерислерди әмелге асырыўға мүмкиншилик жаратпақта.

Республикамыз бойынша усақлап сатыў товар айланысы усы жылдың январь-март айларында 1 трлн. 975 млрд. 489,8 млн. сумды қурап өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 11,0 процентке өсти. Усақлап сатыў товар айланысы көлеминде үлкен үлеске ийе болған Нөкис қаласы (29,0 %), Төрткүл (9,7 %), Беруний (8,0 %), Хожели (8,0 %) ҳәм Әмиўдәрья (7,0 %) районлары усақлап сатыў товар айланысының өсиўине унамлы тәсирин көрсетти.
– Аўқатланыў кәрханаларын қосқан ҳалда усақлап сатыў товар айланысы халықтың жан басына 1012,0 мың сумды қурап 109,5 процентти қурады,-дейди Статистика басқармасының Сыртқы Экономиклық байланыс ҳәм саўда статикасы бөлими баслыгы П.Боранбаев. – Орташа жан басына товар айланысың ең жоқары көрсеткишлери Нөкис қаласы, Қараөзек, Тахтакөпир, Хожели районларында бақланды.

Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен киши исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған сиясат тәсиринде олардың экономикамыздағы тутқан орны анағурлым өсти. 2022–жыл январь-март жағдайына киши исбилерменлик субъектлериниң товар айланысы өткен жылдың усы дәўрине салыстырғанда 106,5 процент болды. Улыўма усақлап сатыў товар айланысында киши исбилерменлик субъектлериниң үлеси 89,6 процентти қурады. Киши исбилерменлик субъектлериниң усақлап сатыў  тараўындағы үлеси салмақлы болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги