Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-май күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар, дос Қазақстанға тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан-Қазақстан дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Усы жылдың басынан өз-ара саўда көрсеткишлери турақлы артып бармақта. Жақында мәмлекетлеримиз арасында темир жолда жолаўшы тасыў қайта тикленди.

Күни кеше Өзбекстан ҳәм Қазақстан ҳүкимет делегациялары өткерген сөйлесиўлердиң әмелий нәтийжелери жоқары баҳаланды. Биргеликтеги кооперациялық жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыўды жеделлестириў зәрүр екени атап өтилди.

Еки мәмлекет жетекшилери халықаралық күн тәртиби ҳәм регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты.

ӨзА