Аўыл-аймақларымыздағы халықтыӊ өз-ара аўызбиршилик ҳәм дослықта жасаўы, абадан турмыс кешириўи өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықларыныӊ ақыллылығы,билимлилиги ҳәм искерлигине байланыслы. Сонлықтан, бүгин республикамыз турғынлары өзлери жасайтуғын елатқа ел арасында абырайы бәлент усындай тәжирийбели инсанлардыӊ басшы болып ислегенин қәлейди.

Кегейли районында бүгинги күни   8 мәкан ҳәм 8 аўыл пуқаралар жыйыны болып, оларда 74 мыӊнан аслам халық тыныш-татыў жасап келмекте. Республикамыздыӊ барлық аймақларында болғаны сыяқлы ҳәзирги күнлери бул районда да пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўлары болып өтпекте.

Усындай сайлаў процеси кеше «Ийшан қала» аўыл пуқаралар жыйынында өткерилди.Онда аўыл пуқаралар жыйыны ақсақалы лаўазымына талабан сыпатында усы аймақтағы 20-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ директоры Алиев Алламберген Қалқоразович ҳәм бурын усы жыйын ақсақалы болып ислеп киятырған Айбек  Романович Аўезовтиӊ кандидатурасы қойылды.

Оған көше ҳәм аўыллардан таӊланған жәми 427 ўәкилден 346  сайлаўшы қатнасты. Өткерилген сайлаў белгиленген нызамшылыққа сай әмелге асырылып, аўыл халқы өзлери мүнәсип деп билген талабанға даўыс берди.

-Сайлаў нәтийжесине бола, 276 сайлаўшының қоллап-қуўатлаўы менен 79,7%  даўыс топлаған талабан Айбек  Романович Аўезов жеңимпаз деп табылды ҳәм Ийшан қала аўыл пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына және бир мәрте қайта сайланды,-дейди бизге Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге көмеклесиў бойынша комиссиясы баслығыныӊ орынбасары Алишер Сейтимбетов.-Ҳәзирги күнге шекем «Жүзимбағ» аўыл пуқаралар жыйынында сайлаў өткерилип, онда Байрам Өскинбаевич Бекбаўлиев жыйын ақсақалы етип жаӊадан сайланды. Бүгин «Жалпақжап» аўыл пуқаралар жыйыны халқы өз ақсақалын сайлайды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы