Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилип атырған Халықаралық Менделееев олимпиадасы табыслы жуўмақланды.

Пайтахтымыздағы «Жаңа Өзбекстан» комплексинде мектеп оқыўшылары арасында өткерилген 56-Халықаралық Менделеев химия олимпиадасының жеңипаз ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Илажға ҳәр қыйлы министрлик ҳәм уйымлардың жуўапкерлери, елимизде жумыс алып барып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллери қатнасты.

Мәресимде Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаслар, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша кеңесгөйи Абдужаббар Абдувоҳидов 56-Халықаралық Менделеев олимпиадасы шеңберинде дүньяның 16 мәмлекетинен қәбилетли жаслар және химия илиминиң ең ири ўәкиллери Өзбекстанға келгени, бул интеллектуаллық беллесиў шынында да ағартыўшылық, билимлер байрамына айланғанын атап өтти.

Президент билимлендириў мәкемелери агентлигиниң директоры Ҳилола Умарова гезектеги Халықаралық Менделеев олимпиадасының елимизде өткерилиўи мәмлекетимиз тарийхында айрықша из қалдырғанын атап өтти. Әзелден ағартыўшылық бесиги болған елимиз бүгин және бир мәрте илимий жәмийетшиликти бирлестирди.

Өткен бир ҳәпте даўамында ҳәр түрли мәмлекетлерден келген 100 ге шамалас қәбилетлилер тек ғана өз-ара күш сынасып қоймастан, ал билим ҳәм тәжирийбелерин арттырып, жаңа дослар арттырды. Уллы жипек жолы кесилиспесинде жайласқан Ташкент, Самарқандтағы тарийхый орынларды зыяратлады.

– Быйыл медаль ийелери арасында бирден бес мәмлекет ўәкили бар, – дейди Халықаралық Менделеев химия олимпиадасының шөлкемлестириў комитетиниң басылығы, Москва мәмлекетлик университети химия факультетиниң деканы Степан Калмиков. – Соның менен бирге, дәстүрий тәризде күшли нәтийже көрсетип атырған командалар да, алтын медаль ийелери арасында жаңадан келгенлер де бар. Әсиресе, Өзбекстан сайланды командасын қутлықлайман. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетте билимлендириў тараўында үлкен реформалар әмелге асырылмақта.

Халықаралық олимпиаданың 10 қатнасыўшысы – россиялы 5 оқыўшы, Түркия, Израил, Беларусь Республикасынан бир оқыўшы алтын медальға мүнәсип табылды. Олардың арасында Өзбекстаннан Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы Әбиў Әлий ибн Сина атындағы қәнигелестирилген мектеп оқыўшысы Азимжон Жамолов та биринши орынға сазаўар болды. Олимпиаданың абсолют жеңимпазы сыпатында ҳәм Россия Илимлер академиясының академиги Валерий Лунин атындағы арнаўлы ақшалай сыйлыққа россиялы Игнатий Тарабрин мүнәсип деп табылды.

Ҳақыйқатында да, жаңаланып атырған Өзбекстанымыз илим, ағартыўшылық, дөретиўшилик изленис қоллап-қуўатланып атырған үлке сыпатында Халықаралық пән олимпиадасы қатнасыўшыларының пәк қәлбинде мәңги мөрленип қалатуғыны анық.

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы