Усы жылдың январь-март айларында дәслепки ислеп шығарылған аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы өнимлери (хызмет)ниң улыўма көлеми
1089,6 млрд. сумды ямаса 2021-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 101,2 процент, соның ишинде, дийқаншылық ҳәм шарўашылық, аңшылық ҳәм усы тараўларда көрсетилген хызметлердиң көлеми 985,6 млрд. сумды (102,0%), тоғай хожалықларында 90,7 млрд. сумды (101,0%), балықшылық хожалықларында 13,3 млрд. сумды (63,7%) қурады.

Өзбекстан Республикасы аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы қурамында Қарақалпақстан Республикасының үлеси 3,2 процентти қурады.

  • Соның ишинде, усы жылдың январь-март айларында жетистирилген дийxаншылық өнимлериниң көлеми 87,6 млрд. сумды ямаса өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 99,5 процентти қурады,-дейди Статистика басқармасының аўыл хожалығы ҳәм экология статистикасы бөлими баслығы Нурислам Мадреймов. – Ислеп шығарылған аўыл хожалығы өнимлериниң улыўма көлеминде дийқаншылық өнимлериниң үлеси 9,0 процентти қурайды.

Быйыл январь-март айларында барлық түрдеги хожалықлар тәрепинен 626 тонна овощ (1,5 процентке көп) ҳәм 12 тонна мийўе жыйнап алынды.

Ал усы дәўирдеги шарўашылық өнимлериниң өндирислик көлеми 886,6 млрд. сумды ямаса 2021-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 101,9 процентти қурады. Өндирилген аўыл хожалығы өнимлериниң улыўма көлеминде шарўашылық өнимлериниң үлеси 91,0 процентти қурады.

2022-жылдың 1-апрель жағдайына қарамаллардың улыўма бас саны 1 млн. 160,3 мың басқа жетти (3,3% ке көп), соннан сыйырлардың улыўма бас саны 334,8 мың басқа (3,5% ке көп) жетти, қой ҳәм ешкилердиң улыўма бас саны 1 млн. 164,2 мың басқа (3,1% ке көп) жетти, қуслардың улыўма саны 4 млн. 821 мыңға  (7,9% ке көп) жетти.

Январь-март айларында барлық турдеги хожалықлар тәрепинен гөш (тири салмақта) 15,9 мың тонна, (2021-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2,4 Ө ке көп), соның менен бирге, 51,8 мың тонна сүт өними
(1,9% ке көп), 80,3 млн. дана мәйек (0,1% ке көп), 25,0 мың дана қаракөл тери (0,2% ке көп) жетистирилди ҳәм 647,2 тонна балық (40,9% ке аз) аўланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги