Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы менен танысыў мақсетинде 12-май күни Ферғана ўәлаятына жөнеп кетти.
Сапар етиў даўамында барылыўы режелестирилген орынлар көп ҳәм ҳәр қыйлы. Соның ишинде, аўыл хожалығы, өнерментшилик, тоқымашылық тармақларындағы кәрханалардың жумысы менен танысыў, дөретиўшилик жумысларды көзден өткериў мөлшерленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги