Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына қарағанда, усы жылдың январь-март айларында республика бойынша өндиристе 132 бахытсыз ҳәдийсе жүз берген. Соның ақыбетинде 42 адам қайтыс болған, 104 хызметкер аўыр дене жарақатын, 4 адам жеңил дене жарақатын алған.

Мәлим етилиўинше, бахытсыз ҳәдийселерди арнаўлы тексериў процесинде 776 анықланған кемшилик бойынша орынланыўы мәжбүрий болған 115 жазба көрсетпе берилди ҳәм нызам бузылыў жағдайына жол қойғаны ушын 110 лаўазымлы шахсқа 223 миллион сумлық ҳәкимшилик жәриймалар қолланылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги