7-май—Төлепберген Қайыпбергенов туўылған күн
Матякуб Қушжанов,
Өзбекстан Илимлер академиясыныӊ академиги.
2003-жылы Президентимиз И.Кәримовтыӊ Пәрманына муўапық қарақалпақ жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновқа Өзбекстан Қаҳарманы деген жоқары атақ берилди. Пәрман менен танысқаннан соӊ, әдеўир жыллар бурын жүз берген ўақыяны еслеп кеттим.
1960-жылдыӊ жаз айлары еди. Жазыўшылардыӊ Дүрменде жайласқан дөретиўшилик үйиндемен. Ол дәўирлерде Жазыўшылар үйи дөретиўшилик пенен шуғылланыў ушын жүдә қолайлы орын еди. Оныӊ дәрўазасынан кире беристеги шеп тәрепте Абдулла Қаҳҳардыӊ бағы болар еди. Соӊын ала бул жерде жазыўшы Саид Аҳмад жасай баслады. Сол ўақытлары Абдулла Қаҳҳар менен жақын байланыста болып турар едим. Оныӊ менен узақ сәўбетлесиўлер өткериў бахтына миясар болдым. Айырым пайытлары ол маған жаӊа шығармаларын оқып беретуғын еди. Кеўилинде пайда болған ой-жобалары менен бөлисер еди. Бул сәўбетлесиўлеримиз мәзи өтип кете бермес еди. Мен сыяқлы жас сыншы ушын бул сәўбетлер бийбаҳа сабақ, мектеп есапланатуғын еди.
Күнлердиӊ биринде усындай сәўбетлесиў шағында Абдулла Қаҳҳар маған мүрәжат етип: «Көзиӊиз түскен болса керек, усы жерде бир қарақалпақ жигити жүрипти,-деп қолы менен бағды кесип өтип турған жаптың жағасындағы дарақ тәрепке нусқады да, сөзин даўам етти.―Усы жерде сол жигит маған дусласып, қолыма бир дәсте қолжазбаларын узатты. Мен алдым. Оқыдым. Қолжазба менде жақсы тәсир қалдырды. Усы күнлери сол жигиттиӊ повестин аўдарма ислеп атырман. Тез күнлер ишинде баспаға жеткерип беремен»,-деп қалды. Бул арық, узын бойлы, қарақалпақ жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов еди. Көп өтпей жас жигиттиӊ бул повести «Совуқ бир томчи» атамасы менен өзбек тилинде басып шығарылды ҳәм китап оқыўшыларына унаған шығарма сыпатында кеӊ тарқалды. Ўақыт өте берди. Т.Қайыпбергенов соӊын ала ири-ири полотнолар дөретиўге бел байлады. Алдын қарақалпақ тилинде соӊынан өзбек тилинде басып шығарылған «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы, «Маманбий әпсанасы», «Бахытсызлар», «Түсиниксизлер» жазыўшыға даӊқ алып берген ири шығармалары болып табылады. Қарақалпақ елине жақын бир жерде туўылып өскеним ушын ба, узақ өтмиште үлкен бабаларым усы журтта, соныӊ ишинде, Қоӊырат қаласыныӊ әтирапларында жасағанлығы, ол жерде көплеген ағайинлеримиз барлығынан ба, елеге шекем өзимди қарақалпақ турмысына. Сол миллет халқына жақын сеземен. Сонлықтан болса керек, 60-жыллардағы Қайыпбергенов пенен болып өткен дәслепки ушырасыўымыз, атап айтқанда, сол ушырасыўда А.Қаҳҳар да қатнасқаны да енди ғана әдебиятқа кирип киятырған жас дөретиўшиге деген жыллы пикир оятты. Соӊынан оныӊ шығармаларын излеп оқыйтуғын болдым, жазыўшы сыпатындағы усылын бақлап барыў өзиме әдет етип алдым. Оныӊ дөретиўшилигине сай айырым өзгешеликлер, соныӊ ишинде, монументализм деп аталатуғын кеӊлик ҳәм жетиклик мени ҳәр тәреплеме қызықтыратуғын болды.
Бирер халықтыӊ турмысын ҳәр тәреплеме тереӊ ҳәм кеӊ үйренемен десеӊ, еӊ әўели, оныӊ әдебиятын үйрен, деген аксиома бар. Усы аксиома бойынша тийкар Қайыпбергенов шығармаларына бир нәзер тасласаӊыз, пүткил қарақалпақ халқын миллет сыпатында қәлиплестирип турған турмыс тәризи, үрп-әдетлери, ҳәтте, оныӊ өзине тән тарийхы көз алдыӊызда сәўлеленеди.
1979-жыл еди. Қарақалпақ шайыры Бедақтыӊ 150 жыллық юбилейи мүнәсибети менен Нөкис қаласында көплеген жазыўшылар жыйналды. Бул жыйналысқа Бишкектен Шыӊғыс Айтматов жетип келди. Москвадан профессор З.С.Кедрина да келди. Бердақ бойынша конференция жуўмақланғаннан соӊ бизлер үш адам, яғный, Ш.Айтматов, З.Кедрина ҳәм мен Қарақалпақ журтын айланыўға жөнедик. Усы ушырасыўлардыӊ биринде Зоя Кедрина айтқан сөзлердиӊ мәлим бир бөлеги елеге шекем есимде. Ол деген еди, сол ўақытта: «Мен өзимди қарақалпақ халқына жақын сеземен. Оныӊ себеби бар. Мен қарақалпақ жазыўшысы Т.Қайыпбергеновтыӊ аўдармашыларыныӊ биримен. Бул жазыўшыныӊ шығармаларын аўдарма ислей отырып, қарақалпақ халқыныӊ бүгинги турмысы ҳәм қыйын кешкен тарийхы туўралы толық түсиник алған едим. Бүгин бул үлкениӊ қала ҳә м аўылларында жүрип, жазыўшы шығармаларынан алған тәсирлерим қай дәрежеде өмирге жақын екенлигин аӊладым».
Сол ўақытта З.Кедринаныӊ бул сөзлерине тек мен ғана емес, бәлким, заманымыздыӊ классик жазыўшысы Ш.Айтматов та қосылған еди.
А.Қаҳҳардыӊ көркем дөретиўшиликке деген өзгермес бир қағыйдасы болар еди. Оныӊ пикири бойынша жасап атырған заманынан 100 процент қанаатланып, кемшилик таба алмаған дөретиўшиге толық ҳақыйқатты айтыў мүшкил ис. Усы тәрептен де, Қайыпбергенов дөретиўшилигине нәзер тасласаӊыз, оныӊ тарийхый темада жазылған шығармалары оғада турмыслық, бүгинги дәўир наразылығын оята бермейди. Бирақ, заманагөй теманыӊ айырым тәреплери сәўлеленгенде, Қайыпбергенов сол дәўирдиӊ кескин наразылығына ушырайды. 80-жыллардыӊ басларында ол «Көздиӊ қарашығы» атлы романды жазып тамамлайды ҳәм «Әмиўдәрья» журналында жәриялайды. Роман сол дәўирдеги аўыл хожалығы, суў ҳәм Арал машқалалары туўралы қарама-қарсылықларды ҳәм де бул мәселелерге тийисли бир-бирине кери характерлер, көзқарасларды сәўлелендирген еди. Сонлықтан шығарма көплеген гәп-сөзлерге себеп болған, ҳәттеки, жазыўшыға оны қарақалпақ тилинде айрықша бир китап сыпатында басып шығарыўға имканият берилмеди.
Сөзимниӊ басында мениӊ жас жазыўшы Қайыпбергеновқа жыллы мүнәсибетим ҳаққында бир-еки аўыз сөз айтқан едим. Мениӊ оған болған усы мүнәсибетим елеге шекем сақланып қалған. Бул жазыўшыныӊ өз шығармаларында дөреткен жанлы көринислери, қурамалы өмир туўралы шығарған жуўмақлары менен ғана байланыслы емес. Бул қарақалпақ жазыўшына болған мендеги жыллы меҳир жазыўшыныӊ жеке турмысы менен де байланыслы. Т.Қайыпбергенов ҳақкеўил, ақкөкирек досларына қайырқом адамлар тайпасына киреди.
Жазыўшы туўралы оныӊ қәлемлеслери тәрепинен айтылған пикирлер мениӊ жоқарыдағы жуўмағымды тастыйықлайды. Атақлы өзбек жазыўшысы Ә.Якубов Т.Қайыпбергенов туўралы былайынша жазады: «Т.Қайыпбергенов өмири ҳәм дөретиўшилиги менен жақыннан таныс бир қатардағы қәлемкеш сыпатында, еӊ әўели усы гәпти беккем исеним менен айта аламан, Төлепберген данышпан инсан, ашық сәўбетлес, ойшыл жазыўшы есапланады. Бул жазыўшы ҳәзирги қарақалпақ прозасыныӊ зәбердес ғайраткери ғана емес, тап Ш.Айтматов.Ә.Нурпеисов, О.Сулайманов, А.Арипов ҳәм Б. Худайназаровлар сыяқлы әййемги Түркстан ҳәм ҳәзирги түркий халықлар әдебиятыныӊ ири ўәкиллериниӊ бири болып табылады». Т.Қайыпбергеновтыӊ дөретиўшилик табыслары туўралы Ш.Айтматов та өз пикирин билдирген. Ол «Қарақалпақ дәстаны» шығармасын қызығып оқығанлығын ҳәм роман ҳақыйқый дөретиўши, қолы гүл уста тәрепинен, өз халқын айрықша меҳир-муҳаббат пенен жақсы көретуғын жазыўшыныӊ қәлб көзи менен жазылғанын тән алады.
Әдебият илими менен шуғылланып атырып, кимлер қандай шайыр ҳәм жазыўшыларға заманлас екенлигин қыялдан өткерип, ерксиз мақтанып жүресеӊ. Т.Қайыпбергенов те сол сықлы ойыӊда мақтаныш сезимин оятып туратуғын жазыўшылардыӊ бири болып есапланады.
Алпысынша жыллары Абдулла Қаҳҳардай оғада талапшаӊ бир дөретиўшиниӊ әдебиятқа енди ғана кирип киятырған, қарақалпақ тилинде бир-еки шығармасы жәрияланған, бир жас жазыўшыға ҳүрмет көрсетип, оныӊ повестин өзбекшелеп басып шығартқанлығы тосыннан емес еди. Қайыпбергеновте дөретиўшилик талант қырларын көрген жазыўшы оны сол тәризде қоллап-қуўатлаўды мақул көрер екен, жас қәлемкештиӊ келешегине үлкен үмит байлаған еди. Мениӊше, жазыўшы бул исенимди толық ақлады. Мен еӊ белгили шығармаларын оқыған әдебиятшы сыпатында, Т.Қайыпбергеновты тек қарақалпақ әдебияты, бәлки, улыўма түркий әдебияттыӊ атақлы жазыўшыларыныӊ бири деп билемен.
Қарақалпақшалаған Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.