9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ўәкиллери Қанлыкөл районындағы «Жаңа қала» АПЖ да жасайтуғын II жер жүзилик урыс қатнасыўшылары   О.Наметуллаев ҳәм Төрткул районындағы «Боғ ёп» АПЖ да жасайтуғын Г.Иван Федотовичлердиң үйлерине барып, жағдайларынан хабар алды. Олардың денсаўлықлары тексерилип, пикирлери тыңланды.

Оларға министрлик тәрепинен таярланған байрам саўғалары ҳәм ақшалай сыйлықлар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги