«9-май ―Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен алдынан Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри орынбасарлары Тимур Сарыбаев ҳәм Акмал Асқаров басшылығындағы бир топар тараў қәнигелери  Қараөзек, Қанлыкөл  ҳәм Төрткүл районларында болып, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары Генжемурат Алланиязов, Оразбай Наметуллаев ҳәм Иван Федотович Галенколердиӊ шаӊарағында болып, олардыӊ ҳал-жағдайынан хабар алды.

Бул ушырасыўларда министрлик басшылары нураныйларды байрам менен қутлықлап, оларға байрам саўғаларын тапсырды.

Сондай-ақ, илаж даўамында нураныйлар медициналық тексериўден өткерилип, оларға зәрүрли дәри-дәрмақлар да берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы